ҚАРШЫН
Қарақалпақша
ат. Көрпе-төсектиң астында, ишине ҳәр түрли затлар салынып, сандықтың үстине қойылатуғын, оннан кейин жүк жыйналатуғын ҳәр түрли нағыслар менен нағысланып иеленген хожалық, үй буйымы, көрпе-төсек жыйнаў ушын арналған буйым.
Қаршынның нағыслары жалт-жулт етеди (К.Султанов).