ҚАРЫЎ II
Қарақалпақша
ат. 1. Күш, қуўат.
Ол Гүлимнен үш жас киши, Артық еди қарыў-куши (Бердақ).
2. Курал, жаў-жарак.
Қарыў дегендей бес атар жоқ (К.Султанов).
0 Қарыў-жарак — урыс қураллары.
Қыйратып өш алып қызыл қыяда, қарыў-жарақларын алған жигитсең (С.Нурымбетов).
Нийет пенен буйыртып, Қарыў-жарағын да таңлады («Мәспатша»).
Қарыў — күш, қарыў-ғайрат — күш-куўат, ҳәл-дәрман.
Халқымыз қарыў-күш берди, қарайды айдай жолына (Б.Қайыпназаров).
Мениң қарыў-ғайратым болсын.
Қарыў салыў — күш салыў, ғайрат салыў.
Соннан келген онша көрпе-төсек жоқ, Малға қарыў салған екен, яранлар (Бердақ).