⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАРЫМ

Қарақалпақша

ат. Жыйналған, гүдиленген от-шөпке я қырманға қыр дөнгелек айландырып қазылған ор, сарайды, үйди орап қазылған ор. Биз қырманды айландырып қарым қазып шаршадық (Қ.Ирманов). Жуўап деген шарым-шарым, Бақша етип, қазсаң қарым, Бул жуўапқа түсинбегенниң, Еси жоқ, ақылы жарым (Айтыстан үзиндилер). Еркелетсең жарымды, Көзиң көрмей қуларсаң, Қазыўлы терең қарымға (Термелер).