ҚАСТЫЯН
Қарақалпақша
ат. Душпан, зыянкес, жаўыз, ҳарамы.
Зәҳәрли қастыян қара жыланның, Ордаларын бузып ўайран етермен (Омар).
Бәрхама қастыян елге айланған, Иймансыз бузыклар байларда болар (Әтеш).
0 Қаст етиў — душпанлық етиў, ҳарамылық етиў.
Яранлар, сөз тынлаң, қулақ салмаға, Қаст еткен душпанның алдын алмаға (Күнхожа).
Қаст етсем жер менен жексен ете мен (Ж.Аймурзаев).