ҚАШЫРЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Серпилдириў, узаклатыў, жылыстырыў.
Көпти қасыңнан қашырма, Барыңды жоқ деп жасырма (Бердақ).
2. Жанлы-жаныўарлардың нашарларын еркеклери менен шағылыстырыў.
3. Сәнин бузыў, формасын бузыў.
Бурынғы қамыс қос пенен алды-артына шыпта жапқан үйлер отаўдың сыйқын қашырса, ақ басқурлы отаўлар келген соң атаў жарқ ете қалды (К.Султанов).