ҚАЯЗЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Адам шаршағанда, шөлдегенде еринниң кеўип қабыршақтаныўы түрпилениўи.
Бул оның күлимсиреўге мейил берген қаязыған еринлеринен, көз уялығының сызықларынан ҳәм бет алдынан беп-белгили (Ө.Хожаниязов).
2. Аўқат болатуғын ҳәр қыйлы затлардың көп турыўының нәтийжесинен майысқақ болып кетиўи.