ҚОМЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Адамның бир нәрсени ислеўге оқталыўы, таярланыўы.
Елжиреп қомлап турған адамға темир тийген соң не оңсын (Ж.Аймурзаев).
Бийдей болып отыр, оңланып отыр, Бектей болып отыр, қомланып отыр (Жаңылтпашлар).
2. Ушатуғын жәнликлердиң ушыўға ҳәрекетлениўи, талпыныўы.
Қыздың көўили толады, Қосканатын қомлады, Ырғыйын деп оқталды («Мәспатша»).
Палапан қалса изинде, Пәрин қомлап улғаяр (Толғаўлар).
3. Бир нәрсениң түбине топырақ үйиў, домбықлаў, беккемлеў, жыйнаў, топлаў.