ҚОНАҚ
Қарақалпақша
ат. Үйге мирәт етилген мийман ямаса тосаттан келген адам.
Үйине қонақ келгенлиги себепли Исмайыл жумысқа келмеди (Ө.Айжанов).
Бир елдиң шетиндеги үйге қонақ болады (ққ.х.е.).
0 Қонақ асы — қонаққа арналып берилетуғын сыйлы тамақ, аўқат, тағам, ас.
Қудаларды күтиўге сениң шамаң келмейди, қонақ асыңды өзим-ақ берейин (К.Султанов).
Қонақ жай — қонақ күтилетуғын, қонақ киргизетуғын жай, қонақ болатуғын орын.
Ол қараңғылықта әрўақтай сүрнигип қонақ жайына келди (К.Султанов).