ҚОНЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Ушып киятырған қустардың бир жерге келип қонақлаўы, отырыўы.
Үйрек ушып, ғазлар қонған көллерим, Қатар қонған жаз жайлаўда еллерим (Өтеш).
2. Көшкен елдиң орналасыўы, қоныс басыўы.
Малдың, жердиң жағдайына қарай әр аўыл дүркин-дүркин болып, сыбайлас қонып еди (К.Султанов).
3. Жатыў, түнеў, қонып шығыў.
0 Басына бахыт қусы қоныў — иси келисиў, дәўлетли болыў.
Бахыт қусы қонып енди басына, Шығып қалды жетпис алты жасына (Т.Сейтжанов).
Нәше қоныў — унаў, жағыў.... нәше қонған соң қазы гәп баслады (К.Султанов).
Мийге қоныў — бир нәрсениң ядта қалыўы.
Теңиз сыры менен илим сыры мийге бирдей қона ма? (Ө.Айжанов).
Ел қоныў — мәканланыў, орналасыў.
Шөлистанға ел қонды.