ҚОРҒАЎШЫ
Қарақалпақша
ат. 1. Бир нәрсени қорғап қалыўшы, қутқарыўшы.
Халыққа бир күн хабар келди, Қандай қорғаўшы еди Қосназар елди (Бердақ).
2. Суд процесинде адамның нызамлы ҳуқықын ақдап ис жүргизетуғын адам, адвокат.
Оң жақта көпке бейимирек суд, сол жақта қорғаўшы, оң жақта прокурор отыр (Қ.Ирманов).
3. Белғили бир мақсетти жақлаўшы, қуўатлаўшы.
Арыслан, Азат бул дәўирде жаңа өмирдиң жетискенликлерин қорғаўшы актив гүресшеңлер еди (Г.Есемуратов).