⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚОЯН

Қарақалпақша

ат. 1. Шөп пенен аўқаттанатын, пышықлас тўысына киретин узын қулақты сүт емизуши аң. Ана тоғайда қоян көп, биз сол тоғайдың үстинен жүремиз (К.Султанов). 2. Ескише жыл қайтарыўдағы төртинши жылдың аты. Қоян жылы жақынлады, Жыл сайын халық шўылдады (Бердақ). 0 Қоян жүрек — қорқақ, жүрексиз. Қоян жүрек жаманның, Еки көзин ойдырды (Бердақ). Қоян жырық — қоянның ернине усаған жырық ерин.