⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚУБА

Қарақалпақша

кел. Ақшыл сары, куўқыл, боз, бозғылтлаў, сурлаў түс. Мәрттиң минген жүйриги, Қуба үйректей қалқады («Мәспатша»). Қайырға қонған қуба ғаз, Мәдийне қайтар гүз күни (ққ.х.н.). Қызлар кийген қамқа тон, Бийлер кийген қуба тон, Байбише кийген парша тон, Ханлар кийген қамқа тон, Шүберек болар тозған соң (Термелер). Қумға питкен қуба тал, Отқа салсаң, жанбайды (Термелер).
қуба жон ат. Сурғылт тартқан үстирт, дөң. Арканың қуба жонында, Арыслан ойнар шарқ урып (Термелер).