ҚУЗҒЫН
Қарақалпақша
ат. 1. Ҳәр түрли өликлерди ҳәм ҳәр түрли нәрселерди жеп күн көретуғын үлкен қара қус.
Жыра бойы көп узамай қақырап, Шөл қузғыны үймеледи өликке (И.Юсупов).
2. аўыс. Ҳарам тамақ, қан ишер, жаўыз.
Жер титиреткен саўаш майданы қызғын, Азатлық душпаны фашистлер қузғын (Ә.Шамуратов).