ҚУЛАШЛАҒ
Қарақалпақша
ф. 1. Қулашын кең жазыў, қулаш урыў, кериў.
Ассалаўма әлейкум! — деп Халмурат бай есикти қулашлап ашты (Қ.Султанов).
2. аўыс. Өлшеў, шамалаў.
Бөзди қулашлап та өлшейтуғын болған.
3. аўыс. Жайнап-жаснаў, еркин қосылыў.
Қәҳәрленип урған қолын қулашлап (С.Нурымбетов).