ҚУЛЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Бенделик, тутқынлық, ерксизлик.
Қәпестеги бүлбил, азатсаң деди, Ҳәм мәңги қутылдың қуллық торынан (И.Юсупов).
2. Жәбирлик, азаплық.
3. Сыйлаў, ҳүрметлеў.
4. аўыс. Бойсыныў, келисим бериў.
Түсиндим, ата, — дей сала илажсыздан қол қаўсырып қуллық етти (А.Бекимбетов).
0 Қуллыққа салыў — езиў, азаплаў.
Қуллыққа салмақшы болып Қубаны, Қайсы жаўдың тийсе қанлы табаны (Қ.Султанов).