ҚУРЫҚ
Қарақалпақша
ат. Асаў жанлы-жансызларды, әсиресе, жылқыларды услаў ушын илмек етип жип байланған узын сырық.
Көп жылқының ишинен қасқа қызыл тайға қурық тасланды.
0 Қурық түсиў — усланыў, байлап алыў, қамалаў.
Қәдир қостың ишинде мойнына қурық түскен қасқырдай еки көзи түнерди (К.Султанов).