ҚУШАҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Биреўди кушақлаў ушын умтылғандағы еки қолдың арасы.
Жанай жақындасқан соң Ақтамақ қыз да күлимлеп керилип қушақ ашады («Ер Зийўар»).
2. аўыс. Ой қушағында — ойға берилиў, ой менен бәнт болыў.
Деғен менен, өзи ислеў керек, ойдың қушағында жүзип отырды (Ө.Айжанов).
0 Қайғы қушағы — уўайымға берилиў, уўайым басыў.
Қайғы қушағында турып бираз әбиғерленди (Ж.Аймурзаев).
Қушақ ашыў — күтип алыў, қарсы алыў.
Қушақ ашып турмыз, келиң, мийманым, Қолда жети түрли гүлим, мийманым (А.Дабылов).
Түн қушағы — түн ишинде, түнғи, ақшамғы, қараңғыда.
Тун қушағы салқын тартқан ҳаўа менен тығыз толған (А.Бекимбетов).