ҚЫДЫР
Қарақалпақша
ат. дин.с. Ескише түсиник бойынша ел аралап жүретуғын адам такылетли «әўлийе», адамларға «бахыт», «дәўлет» бериўши.
Ақ көкирек қыдыр көрген адамның кеўлин кабартканың ушын өзиң билесең (Т.Қайыпбергенов).
ат. Қыдыр ата, Ҳәзирети Қызыр.
Жерди көрсең, қәдир бил, Ерди көрсең, қыдыр бил (ққ.х.н.).
Төрттиң бири — төре, Қырқтың бири — қыдыр (ққ.х.н.).
Сулыў — нәзерде, жүйрик — тозаңда, Қыдыр қайда? — деп сорасаң, Алдындағы қара қазанда (ққ.х.н.).
Асың, асың, асыңа, Берекет бергей басыңа, Бөденедей жорғалап, Қырғаўылдай қорғалап, Қыдыр атлы атамыз, Өзи келгей қасыңа, Я, Рамазан! (Ярамазан баятлары) — Мийнетлиниң қырманына Қыдыр дарыйды (ҚҚ.Х.Н.).
ат. Қыдыр қараған ат. Қарақалпақлардың урыў-тийре атамасы.