ҚЫЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. Қызыкды, ҳәрекет, қылық.
ат. Минез, әдет, ҳәрекет.
Молданың бул қылығы бизлерге күтә жеркенишли еди (Ә.Шамуратов).
ҚЫЛЫҚЛЫ кел. Ис-ҳәрекети менен өзине тартатуғын, сүйкимли.
Адамлар ержетти, қыз болды дейди, Қызлардай қылықлы назын таппайман (А.Бегимов).
ф. Бир жумысты ислеў, орынлаў, жасаў.
Оның айтқанын қылып, аўыл менен таныстыратуғын адам алып шықпағанына өкинишли (Т.Қайыпбергенов).