ҚЫРҒЫН
Қарақалпақша
ат. 1. Қыян-кести, урыс, қан төгис.
Искенлер де залым патша болыпты, Қойдай етип қырғын етип халықты (Т.Жумамуратов).
2. аўыс. Өлик, өлим.
0 Қырғынға ушыраў — қырылыў, апатқа ушыраў.
Бул жылы халықты еки апат қырғынға ушыратты (А.Бегимов).