ҚЫСЫМ
Қарақалпақша
ат. 1. Өз еркинен тысқары көрсетилген қыянет, қорлық, зулым, зорлық.
Халық хан қысымына қарсы ҳәрекет етти (Қ.Ирманов).
2. Бармақ пенен алақанның қуўысланған жери.
Ол дастурханнан бир қысым қақ ерик алды (А.Бекимбетов).
0 Бир қысым болыў — тартыныў, қорқыў, сескениў.
Қыз да усыны сезип, бир қысым болып жарға тығылды (К.Султанов).