ҚҮДИРЕТ
Қарақалпақша
ат. 1. дин. с. Қудай, қудайдың күши, алла, тәңир, жасаған, жаратыўшы.
...әрман менен өлер болдым дүньяда, Жәрдем бергил бизге енди, қүдирет («Қырқ қыз»).
Қандай жәрдем беремен десеңиз қүдиретиң келеди (Т.Қайыпбергенов).
2. аўыс. Қәрамат, күш, әжайып қәсийет.
Көптин қүдирет күши менен не бир мийтин қорған салдық (Ә.Шамуратов).
3. аўыс. Күш, ғайрат, шама, қуўат.