ҚӘЛЕнлер
Қарақалпақша
ат. 1. дин.с. Диний ғәззеллер оқып, мусылман динин таратып елди гезиўши, дийўана, дәрўиш, гезенде, қайыршы, хақлаўшы, тиленши.
Қәленлер — дийўаналардын гейпарасы беллерине дорбасын асып, уп-узын ҳасаларын қолына алып, ҳақлаў ушын базарға шығайын деп шаққанласып атыр екен (Ә.Шамуратов).
Қайыр-садақаға бериңиз, Есикке келди қәленлер (ққ.х.қ.).
2. аўыс. Бул дүньядан қол үзген, дүньядан ўаз кешкен.
3. Ерлердиң аты, исми.