ҚӘЛИПЛЕСИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Орнығыў, турақланыў, бир изге түсиў.
Қобыз, дуўтар намалары дәстанның ажыралмас бөлеги болып қәлиплескен (Қ.Мақсетов).
Атайы шарўалардай болып қәлиплесип кетти (К.Султанов).
2. Әдетлениў, үйрениў.
Турмыстағы гей бир жаңалық ерсилеў көринген менен бара-бара қәлиплесип кетеди.