ҚӘСЕКИ
Қарақалпақша
кел. Көп услағаннан писпей қалған, услай бергеннен уўшығып қалған қаўын, ғарбыз қәм басқа да палыз егинлери.
Қәсеки болып қалған шырайсызлаў қаўынды услады.
Қаўын, жамбылша, ғарбыздың қайсысы болса да писпей турған ўақтында қол менен көп услай берсе, ол өспей, қәсеки болып қалады.
«Қәсеки» сөзи малға да, адамға да қолланылады.
(ққ.т.д.с.).