⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚӘСИЙЕТ

Қарақалпақша

ат. Адамның, заттың, жанлы-жаныўарлардың бойындағы жақсы ҳәм жаман әдет. Ақылсыздың қәсийети аз келер, Ақмақлар ҳеш хызмет етпес халық ушын (Бердақ). Қәсийети Гөўҳардың, Сонындайын жақсы еди («Қырқ қыз»). 0 Қәсийетли болыў — жақсы минез болыў, жақсы әдет болыў. Кисиде адамгершилик қәсийет болыў керек (Ө.Айжанов). Бойдағы қәсийет — организмге тән әдет, минез, қылық. Қәсийетим бойымдағы, Басқа толып турған сайын (Ә.Шамуратов).