ҮЙ I
Қарақалпақша
ат. 1. Адам отыратуғын хожалық, семья.
Бизде үй жоқ күндиз илип отырған, Апақ-шапақ жайнап күлип отырған (И.Юсупов).
2. Ўатан, шаңарақ.
3. Белгили бир жәмийет пайдаланатуғын, жасайтуғын орын, мәкеме.
Сөйтип, Төреш балалар үйине тапсырылды (Н.Дәукенов).
0 Үй тигиў — хожалық болыў, шаңарақ көтериў, бала-шағалы болыў.
Халмурат бай үй тикти деп аўылдың бәри жыйналды (Қ.Ирманов).
Үйди басына көтериў - шаўкым салыў, уў-шуў болыў.
Балалар хә демей-ақ үйди басына көтерди (Ә.Шамуратов).
Үйли-жайлы болыў — хожалыклы, дүнья-маллы болыў, турмысы жақсыланыў.
Ақ үйли болыў — сүргинге жибериў, жер аўдарыў.
Арзым полиция тәрепинен ақ үйли болды (С.Арысланов).
Үй машқаласы — хожалық жумыслары, семья жумысы.
Үй машқаласы оны тәўир-ак албыратты (Қ.Камалов).
Үйден шықпаған — аўыс. турмыс қурмаған, күйэўге шықпаған.
Ол еле үйден шықпаған қыз (С.Хожаниязов).