⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҮЙИЎ

Қарақалпақша

ф. Бир затты, нәрсени, белгили бир жерге жыйнаў, топлаў. Қуўаныш пенен алған азықларын балалар бир жерге үйип атыр (Т.Қайыпбергенов). Балалар айтылған сөз бойынша пиязды үйип қойды (С.Салиев). 0 Қабақ үйиў — ашыўланыў, түнериў, қәҳәрлениў. Геннадий қабағын үйип мийи айланған басын төмен ийди (А.Бекимбетов). Үйилип-төгилип отырыў — топланысып отырыў, көп болып жыйналыў. Олар үйилип-төгилип отырыўы менен қала берди (Ж.Аймурзаев). Үйип-төгип әкелип таслаў — ағыл-тегил етиў, бир жерге топлаў, жыйнаў. Почтальон газеталар менен хатлардың бар-жоғын үйип-төгип әкелип таслап кетеди (Ө.Хожаниязов).