⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҮЙИР I

Қарақалпақша

ат. 1. Бир айғырдың қараўындағы жылқының топары, дүркини. Таўлардан асып бир үйир жылқы булаққа пайда болды («Мәспатша»). 2. Туўып өскен орталық, қатар-қурбы, туўған-туўысканлық, жақын-жуўықлық. Бузылған соң өрисинен үйирим, Туўысқанға бурып тура-аў бүйирим, Саўыўға болмады жалғыз сыйырым, Бир басқа бир заман болды яранлар (Күнхожа). 0 Үйирине қосылыў — қатар-қурбы, жора-жолдасларына қосылыў. Ер жигит үйиринен шықса да, Үйирине қосылады (ққ.х.н.). Үйир-үйир болыў — топар-топар болыў, дүркин-дүркин болыў. Адам болып уллы атақ алмаға, Есигинде үйир-үйир болса мал (Әжинияз).