ҮМИТ
Қарақалпақша
ат. белгили бир ўақыяның иске асыўына билдирилген исеним, тилек, әрман, нийет.
Қалай да жаснармыз деген бар үмит, Жаснамасақ сум дүньяда не пайда (Омар).
0 Үмит етиў — дәмелениў, нийетлениў, исениў, тилек етиў.
Үмити жоқ — дәмеси, нийети жоқ.
Үмит қылыў — исениў, дәмеси болыў.
Үмит үзиў — гүдер үзиў, исенимди жоғалтыў.
Буны еситкен бөри өзиниң алданғанын билди, баладан үмит үзип кетти (ққ.х.е.).