ҲАДАЛ
Қарақалпақша
кел. 1. Таза, пәк, пайдаланыўға жарамлы, иске асатуғын.
Душпанға олжа болмастай, Ишим дәртке толмастай, Атамның ҳадал малынан, Бир ябы услап бер дейди («Алпамыс»).
2. аўыс. Ҳақ нийет, туўры, дурыс, әдил, ҳақыйқат.
— Сөзим ҳадалдур, ҳарам жоқ, Ханның өзине шарам жок ... (Бердак).
0 Ҳадал мийнет — ҳақыйқат ислеў, дурыс ислеў.
Ҳадал мийнет ислеўде, Қашан ҳарып-талыпсан? (И.Юсупов).
Ҳадал кеўил — шын ықлас, шынлық.
Менсиреген ҳадал кеўлиң, ал бирақ, Мендей көрип сүйе алмады басқаны (И.Юсупов).