ҲАЙУАН
Қарақалпақша
ат. 1. зоол.
Сезиниў хәм ҳәрекетке келиў уқыбына ие, от жеп гүйис қайтарыўшы омыртқалы жанлы-жаныўар.
Бул ҳайўан жүде кекшил болады (Ә.Шамуратов).
2. Адамзаттан басқа ҳәр бир жанлы-жаныўар.
Кийик болса - ҳайўан ол, Қанша хүрмет етсең де, Иззетти ҳеш билмейди, ... (ққ.х.н.).
3. аўыс. Жыртқыш, зулым, залым, өр минез.
Бул ҳайўанлардың өмири питип еди ғой (Ж.Аймурзаев).