⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҲАҚ

Қарақалпақша

кел. 1. Хадал, таза. Ол сырын билмегенлерге ҳақ, дурыс адамлардай болып көринеди (Қ.Ирманов). 2. Гүмансыз, айыпсыз. 3. аўыс. Қудай, жаратқан, тәңир. Ҳаққа әсилик әйлемеспен, Дәнекерсиз жүйлемеспен, ... (Бердақ). 0 Ҳақ адам — хадал, таза, ужданды. Өзимди ар-намыслы, жүде ҳақ адамман деп есаплайман (Ә.Бекимбетов). Ҳақ жүрек — әдил, таза. Бул дийдар ҳақ жүрек инсанға бағар, портрет, бюст ҳәм естеликлерден (Т.Сейтжанов). Ҳақ кеўил — хақ, ақ пейил, кеўилшек. Ҳақ кеўилли шын адамға жаўынгерлик ис үйретти (Т.Сейтмамутов). Ҳақ ниет — хадал, таза кеўил. Бул ўақыяға қуванбаған ҳақ ниетти инсан бар ма (Т.Қайыпбергенов).