⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҲЕШ

Қарақалпақша

ал. Болымсыз мәнисин билдирип келиўши алмасық сөз. Анаў-мынаў гәп-сөздиң ҳеш кереги жоқ (Ө.Хожаниязов). 0 Ҳеш қайсысы — ҳеш ким, ҳеш биреў. Отырғанлардың ҳеш қайсысы Айдананың сөзин бийкарламады (Ө.Хожаниязов). Ҳеш бир тынбаў — ҳешқандай, сирә, дым. Айдана зилдей шигитти арқылаўы менен ҳеш бир тынбады (Ө.Хожаниязов). Ҳеш ким — ҳеш адам, ҳеш биреў. Ол таўықтын соңғы шақырымының алдында ҳеш кимге билдирмей үйден шықты (Ө.Хожаниязов). Ҳеш қандай — ҳеш нәрсе, дым. Ол ҳеш қандай қорқатуғын яки тартынатуғын емес (Ө.Хожаниязов). Ҳеш нәрсе — ҳеш қандай, ҳештеме, дым. Ол қаққында екеўи де ҳеш нәрсе деген емес, ... (А.Бегимов). Ҳеш ўақыт — ҳеш қашан, дым, сирә. Оны орындамай турып ҳеш ўақыт бизиң кеўлимиз кешимейди (Ө.Хожаниязов). Ҳеш қашан — дым, ҳеш ўақыт, ҳеш қандай. Ол халық ушын, туўған ел и ушын ҳеш қашан аянбады (Ө.Хожаниязов).