⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҲҮКИМДАРЛЫҚ

Қарақалпақша

ат. Ҳүким, бийлик етиўшилик. Жуман ақсақал қараўындағы пуқараларға ҳүкимдарлығын көрсетеди (А.Әлиев). Тарийхымызға нәзер салсақ, белгили философтың атланысқа таярлық көрип атырған императорға: «Қайсыбир елди бағындырып жаўлап алып ҳәм сол елге узақ жыллар ҳүкимдарлық етиў ушын ол халықтың мәнаўиятын жоқ етиў керек» — деген екен («ЕҚ» г.).