⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҲӘЗИРЕТ

Қарақалпақша

ат. дин.с. 1. Дин улама адамлардын мәртебеси, ўазыйпа яки атларына қосылып айтылатуғын сөз. Тасаддықдур башы, малы, Ҳиммет берген Ҳәзирети Әлий, ... (Бердақ). 2. Патша, хан, бек, бий, аталық сыяқлы жоқары дәрежелилердиң атына қосылып айтылатуғын сөз. Датқаға келген адамды, Хан ҳәзиретке жибермей («Ер Зийўар»). 3. Атақ, дәреже. Ертеде усы аўылға ҳәзирет келетуғынын адамлар әлле қашан-ақ еситипти (Ә.Шамуратов). 4. Уллы, мәртебели. Ҳәзирети Наўайы, Әжиниязлар, Қәлем тарта-тарта таўысқан емес (И.Юсупов).