⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӘЎЕЛЕ

Қарақалпақша

р. Дәслеп, ең әдеп, басы. - Бизиң дөгереги- миздегилер өз баўырларың. Ҳеш ким «пышығыңа пыш» деп айтпас, әўеле қудай (К.Каримов). Ақшагүл шаққан нашар, әўеле кудай еки үйдиң аўқатын писириўден шаршамайды (М.Нызанов). Сен әўеле шайқатылдың тал шақасында, Мен өрмелеп барып сордым палынды сениң (И.Юсупов). - Гүлай, Турдымурат, әўеле өзлериңиз тәртипли болыўды умытпаңлар! - деди Меңлимурат аға бизлер шығып баратырғанда (Т.Қайыпбергенов).