ӘДЕЎИР
Қарақалпақша
р. Бираз, бир қанша, бир неше, бир талай, тәўирақ, айта қалғандай.
Күн аўа қала әдеўир босады, дем алыў жеңиллести, кең тәризленди (Т.Қайыпбергенов).
Дәўлетбийке апа әдеўир жерге дейин үнсиз барды (М.Нызанов).
Әдеўир қартайып қалган екенбиз, Қәлийла! — деди ол шағынып сөйлеп, — жас жигит шағымда, мақтанғаным емес, ушан қайықты сүйрейтуғын қарыўым бар еди (К.Султанов).