ӘДИЛ
Қарақалпақша
кел. Ҳадал, ҳәммеге бирдей, дурыслы, шынлық, гәптиң ҳағын айтатуғын, турақлы.
Халыққа әдил болмаса, жылағанды жубатпаса (Күнхожа).
Ҳәммесине әдил басшылық етиў, Маманның жумысы болып қалды (Т.Қайыпбергенов).
Бул дүнья дүнья болғалы, Патша әдил болған емес, Шайырлар қәлем алғалы, Хатқа түўры салған емес (Бердақ).
Кимниң тиси шықса қадал мийнеттен, Бул әдил турмыстан қалмасын шетте (И.Юсупов).