ӘЖИМ
Қарақалпақша
ат. Адамның маңдайына, бетине түсетуғын (терисиндеги) сызықлар, жыйрықлар.
Билемен, оның бул шоқ ҳәзилинде, Әжимли маңлайында, өткир көзинде (И.Юсупов).
...торсылдақтай торсыйған еки бетиниң алмасы былбырап, жүзине айғыз-айғыз әжим енди (К.Султанов).
..сары сынлы, жүзин әжим торлаған бир кемпир бизлерге қарай жүрди (М.Нызанов).