ӘКЕЛИЎ
Қарақалпақша
ф. Алып келиў, жеткизиў.
Ғайып бақадырды қасына шақырып, хәммениң көзинше Шамурат бийдиң аяқ-қолын байлап әкелиўге, урыс питкенше дәрўазаға байлап қойыўға буйрық берди (Т.Қайыпбергенов).
Қусбеги байға дәреже әкелиў ушын хан хәзиретлерине еткен хызметин, Қулымбеттен бийликти қалай алғанын, хан алдындағы абырайын мақтап, бираз әңгиме етти (К.Султанов).