⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӘЛЎАН

Қарақалпақша

кел. Түрли-түрли, рәңбәрәң, бираз, бирталай, бир қанша, ҳәр түрли, ҳәр қыйлы. Тил жетпес айтыўға бәрин, Әлўан байлық жыр қыларым (И.Юсупов). Ақырғы мәрте көз жумғанда болса төбесинде әлўан түске дөнип турған алтын жалатылған люстраға қарап күлимсирегенше жан берди (М.Нызанов). Неше әлўан ойлар, неше әлўан ғалма-ғаллы күнлер, сырлы жумбақлар көз алдына елеследи (Т.Қайыпбергенов).