⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӘНЖАМ

Қарақалпақша

р. Түўел, пүтин, тайын, басы аяғы жәм, таярлық; керекли нәрсе, буйым. Еле бели беккемленбеген ел қыстың әнжамына кирисиўи лазым (Т.Қайыпбергенов). Той әнжамы көриледи, үлкен той басланады! (Т.Қайыпбергенов). Түнлигин биринши ашқан сол ақ шийли үлкен ылашықта жыллы төсегинен наз бенен суўырылған Бағдагүл керилип, еснеп, шыққан орнын қайта қымтастырып, ошаққа от жағыўдың әнжамына киристи (Т.Қайыпбергенов). Буның ушын дәслеп демалыс алып, оннан соң Ҳәселдиң ата-анасынан баслап, ағайин-туўғанларына сарпай әнжамдаўымыз керек еди (Ш.Айтматов). Сапар әнжамыңда сәрўи раўаның, Гөруғлыдай гүрлеп сүрғен дәўраньщ (И.Юсупов). Лақабыма ылайықлы, Әнжамлап бер қарыў-жарақ («Қырқ қыз»). Кешки аўқаттын әнжамын жеди (Т.Қайыпбергенов). Перихан қызын, неликтен де, басқа жаслар менен жатақханада жатқарғысы келмей, институтқа жақын көшелердиң биринен, азада ғана бөлек бөлмеси бар бир кемпирди таўып, соған орналастырды да, кеўлин әнжамлап қайтты (Т.Қайыпбергенов). Кәрўан өткен ўақта мениң тушымнан, Көңил мүлким жолға әнжам болмады (Әжинияз). Сөздиң әнжамын айтқанда, Дәртти және молайтқанда (Бердақ). Қарақалпақтың жаңа Улығбеклери, Жулдыз сәўбетине әнжам болажақ (И.Юсупов).