⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӘРЎАНА

Қарақалпақша

ат. 1. Бир өркешли, таза нәсилли, тықыр жүнди, сүтти молдан беретуғын, ыссыға, шөлге шыдамлы урғашы түйе. Ботасыз әрўана — сорлы аналар, Кердери журтының тул ҳаяллары (И.Юсупов). Жетим қалған бота бозлап, Әрўана көшегин излеп (Бердақ). Әрўана сүтине жуўды. Дос-душпаны болған емес (Бердақ). 2. Сүтти молдан беретуғын малдың түри. Мөңиреп киятырған, әрўана сыйырлардың даўысы бийдиң басын азан-қазан етти... (К.Султанов). 3. Сақыйлық, молшылық, агыл-тегил, тәбийғый байлық. Бийшара ишқысталықтан-ақ наўқасқа шатылды ма деймен. Жақсы нашар еди. Шешеси әрўана киси еди (К.Султанов). Гүллентип Елликтей ески саҳраны, Ийип турған бир әрўана халықсаң (И.Юсупов).