⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӘРЎАҚ

Қарақалпақша

ат. Диний түсиниктеги өлген (кисилердиң) адамлардың руўхы. Молла көпликтен бе, я «әрўағы» пәс пе, Қосыбайдың бул ҳийлеси де мал қурамады (К.Султанов). Өшпенли бай Қосыбайдың атын еситиўден ашыў әрўағы кайта курысып, иштеги кек жалыны бетине шарпып шықты (К.Султанов). Бақсыда, палўанда әрўақ болады (М.Нызанов). — Анамның жетиси тарқады, әрўақлары әдеўир тынышланған шығар (К.Каримов). Берекети қашады, Әрўағы жаман ушады («Ер Шора»).