⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӘРМАНСЫЗ

Қарақалпақша

кел. Қайғысыз, ҳәсиретсиз, орманы, қайғысы, ҳәсирети, қапашылығы жоқ. ...Ўатан анам тек билгеним сен жаным, Әрмансызбан төксем сен ушын қаным (Ә.Шамуратов). Бес күн мийман адам улы, Әрмансыз бир күни болмас (Бердақ). Бай болсаң, малың көп, болдың әрмансыз, Жарлы болсаң, исиң болды пәрмансыз (Бердақ). Ата, сеннен бир әрмансыз болайын, Бағыш етсең Саркоп деген атаўды («Қырқ қыз»). Әрмансыз сүрди Сәлимжан, Бул Ҳиратта көп дәуран («Сәлимжан»).