⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӘСБАП

Қарақалпақша

ат. Курал-сайман, қурал-жарақ. Қыйын болмас еди, қурылыс материалы менен әсбап-сайманы жеткиликли болып турса (К.Султанов). Музыка әсбапларымыз кемис деп налып отырған балықшы жоқ (К.Султанов). Сөйтип изинен жуўырып жетип алмақшы болдым да, тағы кейниме қайтып, әсбапларды тезден жыйнастырдым да кабинаға секирип минип, машинаны гә алдыға, гә кейинге пәт пенен ыңырандырып айдай басладым (Ш.Айтматов). Жүрек тарынан иеленген әсбап тар ма деймен, Саздың ең нәфис ағласы өзбекте бар ма деймен (И.Юсупов). Қәпелимде ең жоқарғы нотаны шерте баслаған әсбаптың тары «тарс» етип үзилип, даўыс тынды (К.Каримов). — Ертең музыка әсбаплары дүканына барамыз, — деди анасы қайтып киятырып (К.Каримов). Бойынан бәлент келетуғын контрабастан тартып, мыс гернайлар, флейталар, тағы әлле қандай саз әсбаплары электр лампаларының жақтысында ҳәр қыйлы ренде таўланар, адамның ҳәўесин оятар еди (К.Каримов). Ак полаттан ақ саўыт, Әсбабыңды беремен («Жәҳанша»).