⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӘСКЕР

Қарақалпақша

ат. 1. Ел қорғаўшы, нөкер, ләшкер. Хан әскерлери Ырза менен Төрениң жигитлерин «Таллық» дәрьясына қарай тықсырды (К.Султанов). Мына түркменлердиң үстинен Англия патшасының, қазақ даласының үстинен орыс патшасының әскерлери киятыр (К.Султанов). — Бизлер жақсы жәрдемдессек, әскерлер де аянбай урысады (К.Султанов). Әскерлер бекинип алыў ушын алдын ала қолайлап қойған жерлерге шегинип, қоныўға таярлыққа киристи (К.Каримов). Ол қештеңеден қорықпай гилең өзиндей балаларды шөлкемлестирип, қызылларға қарсы урысып атырған әскерлердиң кейнинен оқ-дәри апарып береди екен (Т.Қайыпбергенов). Саҳрадағы есап-сансыз әскерлер асықты (Ш.Айтматов). Ол әскерлер Едил тәрепке өзинше жүрис пенен келер еди (Ш.Айтматов). 2. Армия. — Бул әскерге бармаў, Уатанды қорғаўдан бас тартыў ушын қашты (К.Султанов).