ӘСПЕК
Қарақалпақша
ат. Қәҳәт, қәдирли, кемтарыс, тартыңқы, гезеклесин жер суўғарыў.
Егини жаңа баслайын деп турған ўақытта, суўдан әспек қылып, жабының сағасын көмдирип, талайды ырысынан айырып, қан қақсатып кеткен усы Кудыяр (К.Султанов).
Ал бирақ, әттең суў әспек! Суў... (К.Султанов).
Бир сағадан суў ишиў — әспек деген ғәп.
Әспектиң не екенин дийқан жақсы биледи (К.Каримов).
Суў келмеди атызларға, Әспек болды күши барға (Бердақ).
Жерлеримиз болды аяқ, Әспекти аш