ӘТИР
Қарақалпақша
ат. 1. Хош ийисли суў, әтир суў, духи, одеколон.
Нәзеримде ол бүгин ҳәр қашанғыдан да басқаша сыяқлы, шашларын өзгеше пардозлаған, беденинен айрықша жағымлы әтир ийиси аңқып турар еди (М.Нызанов).
Микроб-сикроб жуғып жүрер деп, Үш мезгил әтир суў бүркти бетке де (И.Юсупов).
Түнги самал әтир шашып арқадан, Ести желпип саз жаңлады қайтадан (И.Юсупов).
2. Сән, шырай, форма.
Үй ишиниң барлық жағынан әтири келисип қалыпты... (Б.Кербабаев).
0 Әтирине келтириў — тәртиплеў, жыйнаў, сәнин келтириў, ҳәмме нәрсени өз орнына қойыў.
Пайтонды әбден әтирине келтирип сайбағыслады (Айбек).